2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип, QR-код алыўы шәрт. Бул код шегарадан өткенде бериледи.
Дизимнен өтиў ушын:
- Жеке кабинет жаратыў;
- ️Фотосүўрет ҳәм жеке мағлыўматларды жүклеў;
- Россияда болыў мүддетин көрсетиў;
- ️Арза сапарға кеминде 72 саат алдын тапсырылыўы керек;
- ️Егер келиў зәрүрлиги тосаттан жүзеге келсе (мәселен, аўыр кеселлик, жақын туўысқанының қайтыс болыўы) арза 4 саат алдын да тапсырылыўы мүмкин.
Төмендегилер дизимнен азат етиледи:
- Беларус пуқаралары;
- 6 жасқа шекемги балалар;
- Виза ямаса жасаў руқсатнамасына ийе шахслар;
- ️ 6-18 жастағы балалар ушын арзаны ата-анасы ямаса нызамлы ўәкили тапсырады.