Қәнигелердиң айтыўына қарағанда, жыл өткен сайын жанар майдың орнына қуяш энергиясынан пайдаланыў үрдиске айланады. Дүньяда бириншилерден болып Австралия қуяш нуры қуўатлылығы менен ҳәрекетленетуғын поезд қатнаўын жолға қойды, деп хабар бермекте Forbes басылымы.
Бул поезд 16-декабрь күни Австралияның Қубла Жаңа Уэльс қаласында 3 км темир жолды басып өтти. Поезди Byron Bay Railroad темир жол компаниясы ислеп шығарған. Қәнигелер поезди соғыў ушын 1949-жылда исленген поезди қайта үскенелеген.
Қуяш панельлери вагонлардың үсти ҳәм аралық орынларына орналастырылған. Дәслеп бул поезд еки дизель двигатели жәрдеминде жумыс ислеген. Кейин олардың бири қуўатлылығы 77 кВТ болған аккумлятор ҳәм электр моторына алмастырылған. Қәнигелердиң айтыўынша, поезд күн бултласып турған ўақта да қозғала алады.
Ислам Матеков.