Интернет тармағында узын-шубай текстти көпшилик оқый бермейди. Өйткени, глобаллық тармақтан адамлар қысқа ҳәм анық информация алыў ушын пайдаланады. Бирақ, бүгинги заманагөй журналистикада көлемли текст арқалы оқыўшыларды қызықтырыўдың бирнеше усыллары қәлиплесип бармақта. Солардың бири – лонгрид.
Лонгрид атамасы инглис тилиндеги «long» - узын, көлемли, «read» - оқыў деген сөзлердиң бирикпесинен келип шыққан. Лонгридти оқыўға адамлар көп ўақтын сарплайды. Бирақ, лонгрид бул сиз ойлағандай зериктирип жиберетуғын әпиўайы текст емес. Бул текст, видео, инфографика, презентация ҳәм музыканы талап ететуғын комплексли информация болып табылады. Бул элементлер бир-бири менен тығыз байланыслы болады. Олар тек текстти толықтырып ғана қоймастан, оқыўшыға жаңа информация берип отырады. Бундай текстте биз жоқарыда санап өткен бөлеклердиң бир-бири менен логикалық үйлесимлилиги әҳмийетли есапланады. Лонгрид бирнеше тема әтирапына қурылмайды, керисинше, онда тек ғана бир тема дөгерегинде изертлеў жумыслары сәўлеленеди.
Лонгрид – аналитикалық мазмунға ийе информация дәреги. Лонгрид авторларының тийкарғы мақсети оқыўшының дыққатын өзине қаратып, оған өзгеше усылда ўақыяны баянлаўдан ибарат болады. Онда көтерилген мәселе бойынша анық, дәл шешимлер берилиўи мақсетке муўапық болады.
Ислам Матеков.