Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.12.2017 11:20
  • 1735

Сигарета шегиўге бейимлиликти тоқтатыўдың жаңа усылы ойлап табылды



Нью-Йорктағы Рокфеллер университетиниң нейробиологлары никотинге болған талапты арттыратуғын бас мийдеги нейронлардың топламын анықлады. Бул ҳаққында Science Alert басылымында жәрияланды, деп хабар бермекте Lenta.ru.
Усы клеткалардың белсендилиги тоқтатылса, никотинге болған талап та тоқтайды.
Изертлеўде тышканлардан пайдаланылды. Оларға турақлы түрде суўда еритилген никотин берип барылды. Бас мийдиң медиал ҳәм аралық педункуляр ядро деген еки бөлими никотинге бағынышлылықты келтирип шығарады.
Бул еки нейронлардың қурамында белок рецепторлары бар. Олар никотин қан арқалы бас мийге келген ўақытта биригеди. Усылайынша никотин узақ ўақыт тәсир ете берсе, аралық педункуляр ядрода нейронлар топлана баслайды.
Ал алкалоид үлкейе берсе, онда медиал бөлим ядроға сигнал береди. Ядро никотиннен алатуғын ләззетлениўдиң орнын басып, оның қолланылыўын азайтады.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен