Telegram karinform

  • 28.04.2017 11:45
  • 2494

Қойымшылықты зыяратлаўдың тәртиби ҳаққында Қарақалпақстан Мусылманлар Қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддиновтың мәсләҳәтлери

Қойымшылықты зыяратлаўдың тәртиби ҳаққында Қарақалпақстан Мусылманлар Қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддиновтың мәсләҳәтлери

9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» жақынласып келмекте. Биз зыярат етиў туўралы көплеген мағлыўматларды билемиз, бирақ булардың қайсы бири қуран китапларда, ислам динине тийисли дәреклерде жазылғанлығынан хабарымыз болмаўы мүмкин. Сонлықтан, Қарақалпақстан Мусылманлар Қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов пенен сәўбетлесип зыярат қылыўдың тәртиби туўралы пикирлесиўди мақул деп таптық.
Мусылманлар қойымшылығын зыярат етиў ислам дини сүннетинен. Қойымшылықты зыярат етиўден мақсет, зыяратшы өткен ата-бабаларын еслейди, өз дуўалары менен марҳумға пайдасы тийеди.
Зыярат қылғанда әмел етиў керек болған қағыйдалар:

Зыярат ўақтына таҳәратлы болыў сүннет;
Қойымшылыққа барғанда дәслеп қойымшылық әҳлине сәлем бериў керек;
Қәбир қасына аяқ тәрепинен барылады;
Қойымшылықты зыяратлағанда әдеплилик ҳәм әстелик пенен жүриледи;
Бийкарға ҳәм бәлент даўыс пенен сөйлесилмейди, қатты даўыс шығарып жылаўға болмайды;
Ҳеш бир қәбирди баспаў керек;
Садақа ҳәм қайыр-сақаўат етип, саўабын марҳумға бағышлап, оның ҳаққына дуўа қылынады;
Мақбаралардың ишине кирип намаз оқыўға болмайды;
Қәбир тасы ҳәм темирлерди сүйиўге болмайды;
Қәбир басында шам, от жағыў ҳәм ол жердеги тереклерге орамал ҳәм шүбереклер байлаў, қәбирстанға барып жанлық сойыўға жол қойылмайды;
Қәбир үстине гүл ҳәм соған уқсаған ҳәр түрли нәрселерди қойыў;
Қәбирди қол менен сыйпаў, услаў, сүйиў, көзге сүриў, таўап етиў зыяраттағы ҳарам ислерден. Себеби, сыйпаў, сүйиў ҳәм услаў насраныйлардың әдети.
Қәбир үстинде отырып яки қасында турып сүўретке түсиў мүмкин емес.
Қәбир басына қандай да бир тағам, аўқат қалдырып кетиў, бул марҳумға азық болады, деген исенимде болыў үлкен қәтешилик;
Қойымшылықтағылардан жәрдем соралмайды. Себеби, олар өзлери дуўаға мүтәж.
Бир қәбирди зыярат қылыў ушын алдын анаў қәбирди зыярат қылыў керек деген ойға барыў қәте;
Каабатуллаҳтан басқа ҳеш нәрсени айланыўға шәриятымызда руқсат жоқ, сонлықтан, қәбирди айланыўға болмайды;
Қойымшылықларды абат етиў оларды ҳәр түрли ҳайўанлар кирип, қәбирлерди басқылаўдың алдын алыў ушын әтирапын қоршалаў ҳәр бир мөмин мусылманлардың ўазыйпасы;
Ең тийкарғысы, марҳумларды жақсы сөзлер менен еслеў әҳмийетли ўазыйпамыз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында