
Өткен жылы елимизде жүз берген жынаятлардың саны алдыңғы жылларға салыстырғанда 17%ке, яғный 595 жынаятқа кемейди. Ҳәр 3 жынаяттың биреўи 30 жасқа толмаған жаслар тәрепинен әмелге асырылмақта. Бирақ, бул 17% жүдә аз. Әлбетте, бул жынаятлардың санын кемейтиўде жаслар аўқамының орны айрықша.
25000 нан аслам жынаят профилактика инспекторлары тәрепинен анықланды.
2017-жылы 1043 пуқара ҳәкимшилик қамаққа алынды. Соннан 582 жынаят урлық, 385 жынаят алдаўшылықты қурады.
Бул туўралы ҚР ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлим баслығы К.Нурабуллаев жаслар пресс клубында айтып өтти.
Сахибжамал Есемуратова