
Өзбекистан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси оқыў орынлары менен бирге ислесиў бойынша бас қәниге, «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев усы жылдың 11-январь сәнесинде Нөкис қаласында жайласқан 34-санлы ҳәм 27-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болды. Ол сәрдарлар менен сәўбетлесип, оларға арнаўлы сәрдарлық белгилерин тапсырды.


Сәрдарлар көкиреклерине бундай арнаўлы белгилерди таққанлығынан жүдә қуўанышлы. Оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда және де белсендилик көрсетиўге ҳәрекет етиўин айтып өтпекте.


Сахибжамал Есемуратова