
Бүгин 16-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы, юридика илимлериниң докторы, профессор, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекистан Миллий орайы директоры Акмал Холматович Саидов пенен ушырасыў ҳәм оның «Ҳәзирети Зәңги ата» китабының презентациясы болып өтти.
Бир неше жыллық илимий тәжирийбеге ийе бул устаздың жақында ғана «Ҳәзирети Зәнги ата» атамасындағы китабы «Қарақалпақстан» баспасынан 500 нусқада баспадан шықты. Бул китапта уллы шайх, тасаўўуфтың ири ўәкиллериниң бири болған Ҳәзирети зәңги ата, яғный Айхожа ибн Тажхожа ҳаққында кең түрде сөз етиледи. Шығармада Ҳәзирети зәңги атаның мәнаўияты ҳәм искерлиги, оның пазыйлетлери, ол ҳаққындағы қосық ҳәм рәўиятлар, сондай-ақ, оның бийбаҳа мийрасының Шығыста ҳәм Батыста үйренилиў мәселелери талқыланған. Соны да айрықша атап өтиўимиз керек, Зәңги ата аўылының мүнәсип әўладларының бири болған автор Ҳәзирети Зәңги ата ҳаққындағы жәҳән ҳәм журтымыз алымларының пикирлерин жәмлеп, мазмунлы мағлыўматлар менен пикир дүньямызды байытады.
Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.
Сондай-ақ, кешеде Бердақ миллий музейиниң директоры Ш.Пайзуллаева, археолог алым, Өзбекистан қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлычева ҳәм қоңыратлы нураный устаз Ө.Ембергеновлар шығып сөйлеп китаптың әҳмийети туўралы, ондағы келтирилген мағлыўматлар туўралы айтып өтти.
Сахибжамал Есемуратова