Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.01.2018 14:57
  • 1766

Ақтөбеде жүз берген қайғылы ўақыяға Қарақалпақстанлылар қандай мүнәсибет билдирметке?

Ақтөбеде жүз берген қайғылы ўақыяға Қарақалпақстанлылар қандай мүнәсибет билдирметке?


Қазақстан Республикасының Ақтөбе ўәлаятында усы жылдың 19-январь сәнесинде «Шымкент-Самара» автомобиль жолының 1068 км.де автобустың жарылыўы ақыбетинде 52 Өзбекистан пуқарасы дүньядан көз жумды. Бул қайғылы ўақыяға пүткил халқымыз терең қайғырмақта. Әсиресе, бул ўақыя шайырлардың кеўиллерин тербетип, инсанның қәлбин елжирететуғын қосықлар дөретпекте. Бул ўақыяға басқа халықлар қатары қарақалпақ халқыда қыйналыў сезимлери менен кеўил билдирмекте. Төменде фейсбук социаллық тармағының белсенди пайдаланыўшыларынан бири ‎Ақшолпан Аманияз‎дың 20-январь сәнесинде социаллық тармаққа жайластырған қосығы менен танысыўыңыз мүмкин.

Кеўил билдириў

Шымкент пенен Ақтөбе жол арасы,
Қайғының болмас екен шегарасы,
Елиў еки азамат қыршын кетти,
Барлығы Өзбекстан пухарасы.

Сырт елге талап излеп шыққан екен,
Көпшилиги Наманган жақтан екен,
Гөзлеген мәнзилине жеткерместен,
Сум әжел пәнжелерин суққан екен.

Мүсәпирдиң мингени темир көлик,
Ийеси таўып жүрген байлық, көмик,
Өртенип, өз-өзинен ай далада,
Елиў еки, азамат кетти-аў өлип.

Еситкенде, жүрегим суўлап кетти,
Қаным басқа теўип, туўлап кетти,
Тилсиз жаўы – от пенен жанталасып,
Азаматлар, әрманда шуўлап кетти.

Тырп еттирмей, сол елиў еки жанды,
Әзирейли келди де пәнже салды,
Қайғының булты дөнип басларына.
Елиў еки, шанарақ бозлап қалды.

Ең жасы, он тоғызда – нәрестелер,
Бендесиниң қолынан не ис келер,
Ең үлкени, елиў үш жаста екен,
Туўры келген әжелге ким бәс келер.

Ҳәммениң басында бар өлим деген,
Алып кетер таўсылса жүрим деген,
Сабыр берсин изинде қалғанларға,
Аҳ урып! пәряд шегип, улым деген.

Ериксиз жас айланды көзимизден,
Келиң дәлде болайық сөзимиз бен,
Ата-ана, туўысқан - туўғанына,
Кеўил айтып, шын жүрек төримизден!

Ақшолпан Аманияз, 20.01.2018.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...