Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.01.2018 15:45
  • 1988

Қарақалпақстанда қуран жарысының жеңимпазлары анықланбақта



Қарақалпақстан Республикасында қарыйлар арасында қуранды қирәәтке салып оқыў бойынша жарыс болып өтпекте. Бул жарыс Қарақалпақстан бойынша 3 аймаққа бөлинип өткерилмекте. Бул ҳаққында paziylet.uz сайтының телеграмдағы каналы хабарлады.
Бул үш аймақ төмендегише бөлистрилген:
Арқа районлар – Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек, Нөкис район ҳәм Нөкис қаласы;
Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл, Хожели, Тахиаташ;
Қубла районлар - Әмиўдәрья, Беуний, Төрткүл, Елликқала.



Бул жарыстың биринши басқышы Арқа районларда Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек, Нөкис район ҳәм Нөкис қаласында өткерилип, онда жәми 45 қарый қатнасты. Бул жарыстың жуўмағына бола, ерлер арасындағы Қураны кәриймди оқыў таңлаўында төмендегилер жеңимпаз деп табылды:
25 жасқа шекемги қатнасыўшылар арасында өткерилген жарыс жеңимпазлары:
1-орын - Әметниязов Нурмуҳаммед; (Тахтакөпир)
2-орын - Қопабаев Икрам; (Нөкис қаласы)
3-орын - Боранбаев Айбек (Шымбай)

40 жасқа шекемги қатнасыўшылар арасында өткерилген жарыстың жеңимпазлары:
1-орын - Раджапов Султан (Нөкис районы)
2-орын - Жолаўшыев Айбек; (Нөкис)
3-орын - Алламбергенов Илҳам (Нөкис)



Усы аймақларда ҳаял-қызлар ортасында өткерилген жарыстың жеңимпазлары:
25 жасқа шекемгилер ортасындағы жеңимпазлар:
1-орын - Садикова Фамида (Нөкис қаласы)
2-орын - Кәримбаева Айнура (Хожели)



40 жасқа шекемгилер ортасында жеңимпазлар:
1-орын - Усманова Нигара (Елликқала)
2-орын - Аминова Зевар (Беруний)
3-орын - Шапиева Қызларгүл (Нөкис районы)

Бүгин Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл, Хожели, Тахиаташ районларында ҳәм қубла районлар - Әмиўдәрья, Беуний, Төрткүл, Елликқалада өткерилмекте. Бул аймақларда өткерилген жарыстың жеңимпазларын кейинги мақалаларымызда берип барамыз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...