Айырым тарийхый мағлыўматларды ҳəм халық арасындағы сөзлерди жуўмақластырғанымызда XVIII əсирдиң соңғы жылларында Шыныбай деген бир жарлы киси ашлықтың салдарынан өз елинен ҳаялы менен бирге қаңғып шығып, ҳəзирги Шымбайдың турған жериндеги Кегейлиниң сол жағына келип қоныс басады. Ол сол жердеги Қаракөлдиң жағасында отырып тары егип, Кегейлиге керим салып балық аўлайды. Егинге аяқтан суў шықпағанлықтан узын аша ағаштың ушына суў қабақты байлап əпиўайы қол сериппе орнатады. Кегейлиниң оң жағына өтиў ушын ағаштан сал дүзетип өткел ислейди. Бара-бара оның балығы мол, егини питик болып қурғынласа баслайды. Өзектиң еки бойы қалың тораңғыллық екен. Онда арба, шығыр соғыўға жарамлы тал-тораңғыллар өскен.
Кем-кемнен Шымбайдың əтирапына айналадан халық жыйналып, ел толыса баслайды.
Шымбай атамасы усы кисиниң атынан келип шыққан деген болжаўлар бар.
Топлаған: Сахибжамал Есемуратова