
Боз атаўының жанында көзге аппақ таслары көринип турған қала көринеди. Адамлардың айтыўынша, бурын бул қала болған. Молшылық, тоқшылық, бағ-бақшалы, зәўлим жайлары бар бир үлкен шәҳәр екен. Бул шәҳәрди ҳешким ала алмаған. Не бир көкирегине урған батырлар келип қалаға кире алмай кейин қайтқан.
Бир күнлери бул қалаға сегиз жасар белгисиз бала тентиреп келеди. Баланы қаланың патшасына апарады. Патша баланы аяп өзине бала қылады. Ол отыз жасқа шыққанда әкесинен:
- Аға, бул қалаға қанша жаў келсе де ала алмайды, сыры неде? – деп сораў береди. Патша сол сораўға жуўап бермейди. Арадан бираз өткенде ол және сорайды. Патша жуўап бермейди. Үшинши рет сорағанында:
- Сорай бердиң-ғой, балам. Бул қаланы ҳешким алыўы мүмкин емес. Тек бир жолы бар. Ол да болса Аштархан теңизинен суў жиберсе ғана алыўы мүмкин, - дейди. Бала буны еситип болып бир күни зым-зыя жоқ болып кетеди.
Ол бул қаланы ала алмаған патшаның жансыз болып жүрген баласы екен. Бир күни ол Аштархан теңизинен суў жиберип қаланы суўдың астында қалдырады.
Топлаған: Сахибжамал Есемуратова