
Қарақалпақстандағы айырым балалар бақшалары тәрбияланыўшылары ҳәм мектеп оқыўшыларына күнниң қатты суўықлығына байланыслы ўақтынша дем алыс берилди.
Интернеттеги гидрометеорологиялық сайтлардың берген мағлыўматына қарағанда, бүгин 28-январь күни ҳаўа райы орташа -11 ºС болатуғынлығын көрсеткени менен, ҳаўа райы оннан төмен. Мағлыўмат ушын, 27-январь күни Нөкис қаласында «Ҳамкор банк»тағы ҳаўа температурасын өлшеўши әсбапта -18ºС ди көрсетип тур еди.

Сахибжамал Есемуратова