
Ҳиндстан ҳүкиметиниң билдириўинше, мәмлекеттеги ата-аналар қызлардың орнына ул бала туўылыўын қәлеўине байланыслы «керек емес» қыз балалардың саны 21 миллионға жеткен. Яғный, 21 миллион ата-ана қызының орнына ул бала туўылыўын қәлейди. Бул ҳаққында BBC хабар бермекте.
Есаплаўларға қарағанда, Ҳиндстанда көпшилик ата-аналар шаңарақта ул бала туўыламан дегенше перзентлерди дүньяға келтире береди екен.
Мағлыўматта жазылыўынша, мәмлекетте 63 миллион қыз перзентлер туўылмай турып аборт етилген.
Мағлыўмат ушын, Ҳиндстанда перзент туўылмасынан бурын оның жынысын анықлаў нызамлы түрде қадаған етилген. Бирақ, бул нызамды бузып атырғанлардың саны да көп.
Ислам Матеков.