Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.01.2018 13:28
  • 2415

ПОРТАЛ керек пе ямаса ЖУРНАЛИСТ? Журналистиканың төртинши ҳәкимият сыпатындағы орны қайда қалды? (дебдиў)

ПОРТАЛ керек пе ямаса ЖУРНАЛИСТ? Журналистиканың төртинши ҳәкимият сыпатындағы орны қайда қалды? (дебдиў)

Жақында сын мақала жазып, басшылардың алдына киргенимде «Бундай мақала жазып не қыласаң? Оның орнына сол мәкемениң виртуал қабыллаўханасына жаз!» деген гәпти еситип қайттым.
Журналист өзиниң ҳәм өзгелердиң мәпин қорғай алмай порталға хат жазып жүрсе я? Бул қалай болғаны? Онда журналистиканың төртинши ҳәкимият сыпатындағы орны қайда қалды? Журналистлер тек ғана мақтаў, жәмийеттеги жетискенликлерди сәўлелендириў менен шекленип, халықтың қулағын усы сыяқлы хабарлар менен үйретип тасламадымекен, деген ой келди қыялыма. «Бүгин дәртиңди редакцияға жаз, олар халықтың машқаласын шешип береди ямаса шешиў жолын көрсетеди» деген исеним жоққа шықтыма сонда. Бул исенимди журналистика қашан жоғалтты? Буған ким айыпкер? Бунда тийкарғы ҳәм жалғыз айыпкер, биз – журналистлер емеспекенбиз? Себеби, бүгин журналистиканың тийкарғы темасы – жетискенликлер ҳәм нәтийжелер болып қалғандай. Бирақ, биреўдиң дәртин еситип, халықтың арасына кирип, олардың кишкене болса да машқаласын шешип бере алатуғынымызды көрсететуғын, дәлиллейтуғын ўақыт келгендей…
Усы сораўлар мени қыйнап, жәмийетте журналистиканың абыройының түсип кеткенлигин, ал оның орнын әллеқашан портал ҳәм виртуал қабыллаўханалар ийелегенлигин сездим. Дәслеп Президенттиң виртуал қабыллаўханасы ашылып, онда халықтың мәселелери кең түрде додаланды, машқалалары шешип берилди. Бул әлбетте, унамлы жағдай. Себеби, мәмлекеттиң де, журналистлердиң де мақсети бир – халыққа хызмет етиў, олардың машқаласын шешиў.
Бирақ, халықтын мәпин қорғаў, олардың машқаласын шешиў бүгинги күнге шекем журналистиканың ўазыйпасы болып келген. Ал, бүгинге келип журналистика бул ўазыйпасын «есинен шығарған»лықтан, оның орнына виртуал қабыллаўханалар, порталлар әмелге асырмақта.
Бул кәсипти таңлар алдында халықтың машқаласын ғалаба хабар қураллары арқалы шешип берип, оларға жәрдем бериўди ойлар едим. Бул ықлас, кәсибиме болған муҳаббатым еле де күшли. Бирақ…
Усы жерде «журналистлер ояның, көзиңизди қаттырақ ашың, халыққа өз ўақтында хызмет етейик» деп даўысымның барынша бақырғым келип тур!

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина