
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң рәсмий сайты, ғалаба хабар қуралы сыпатында дизимнен өткен сайт www.karsu.uz сайты ақырғы ўақытларда техникалық жақтан жетилисти, контенти бираз байыды. Дәслеп онда ҚМУдағы факультетлер, әсиресе Қарақалпақ филологиясы, Тәбияттаныў факультетлеринде өткерилип атырған илажлар турақлы түрде сәўлелендирилип барылған болса, ақырғы ҳәптелерде оның қатарына Шет тиллери, Физика-математика, Тарийх ҳәм ҳуқық, Дене мәденияты факультетлери де қосылды.

Ал, жақында сайт техникалық тәрептен және де жетилисти. Енди оны көриў қәбилети төмен ҳәм далтониклер де оқыўы мүмкин. Сайттың қапталында арбашада отырған адамның көриниси келтирилген белгиге бассаңыз, вертикалына бир неше белгилер шығады. Ондағы «+» белгисине басыў арқалы ҳәриплерди үлкейтиў ямаса «–» белгиси арқалы киширейтиў де мүмкин. Сондай-ақ, сайтта далтонизм менен кеселленгенлер, яғный рең ажырата алмайтуғын адамлар ушын да қолайлықлар жаратылған. Арнаўлы белгини басыў арқалы ондағы жазыўлар ҳәм сүўретлерди реңсиз форматқа өзгертиўдиң имканияты бар.


Сахибжамал Есемуратова