
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети сайлаў мүддети питкен ҳәм бос турған төмендеги лаўазымлар ушын таңлаў жәриялайды:
Профессор лаўазымы:
Биология;
Ҳуқықтаныў кафедраларына.
Доцент лаўазымы:
Экономика (0,5 ставка);
Ярым өткизгишлер физикасы;
Педагогика ҳәм психология;
Органикалық ҳәм органикалық емес химия кафедраларына.
Үлкен оқытыўшы лаўазымы:
Өзбек тили ҳәм әдебияты;
Инглис тили ҳәм әдебияты;
Биология;
Факультетлер аралық дене мәденияты ҳәм спорт;
Бухгалтериялық есап ҳәм аудит;
Ярымөткизгишлер физикасы;
Қарақалпақ тил билими;
Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы (қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм конструкцияларын ислеп шығарыў қәнигелиги бойынша) кафедраларына.
Оқытыўшы (ассистент) лаўазымы:
Математикалық анализ;
Факультетлер аралық шет тиллер;
Ҳуқықтаныў (0,5 ставка);
Инглис тили ҳәм әдебияты;
Экология ҳәм топырақтаныў;
Әмелий математика;
Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими;
Педагогика ҳәм психология;
Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы (0,5 ставка) кафедраларына.
Профессор лаўазымы ушын таңлаўда профессор илимий атағына яки илим докторы илимий дәрежесине, сондай-ақ, тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.
Профессор лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда илим кандидаты илимий дәрежесине яки тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине яки доцент илимий атағына ийе болған пуқаралар кеминде 5 жыл илимий-педагогикалық ис стажына ийе болыў, усы кафедраның тәлим бағдарлары бойынша сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалары авторы болыў шәрти менен бир мүддетке қатнасыўы мүмкин.
Доцент лаўазымы ушын таңлаўға доцент илимий атағына, үлкен илимий хызметкер яки илим докторы (кандидаты) илимий дәрежесине, сондай-ақ, тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.
Үлкен оқытыўшы лаўазымы ушын таңлаўда жоқары мағлыўматқа ийе болған (магистр, дипломлы қәниге), бирақ оқытыўшылық, илимий-изертлеў ҳәм ислеп шығарыў жумыслары тәжирийбесине ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.
Оқытыўшы (ассистент) лаўазымы ушын таңлаўға тийисли қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар (магистр, дипломлы қәниге) қатнасыўы мүмкин.
Таңлаўға қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен ректор атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломларының тастыйықланған көширмеси, илимий мийнетлери дизими ҳәм де қәнигелигин жетилистиргенлиги ҳаққындағы гүўалығының көширмеси тапсырылады.
Арзалар дағаза шыққан күннен баслап бир ай мүддетте қабыл етиледи.
Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматлар ҳаққында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Кеңесинен билиўиңизге болады.
Мәкан жайымыз: Нөкис қаласы, Академик Ч.Әбдиров көшеси №1-жай
Телефон: 223-62-75.