Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.02.2018 12:04
  • 2226

2-февральда журналист Атажан Халмуратовтың 70 жыллық юбилейи мүнәсибети менен әдебий еслеў кешеси өткериледи

2-февральда журналист Атажан Халмуратовтың 70 жыллық юбилейи мүнәсибети менен әдебий еслеў кешеси өткериледи

Усы жылдың 2-февраль сәнесинде 10:00де пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатында белгили журналист ҳәм публицист Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Атажан Халмуратовтың туўылғанының 70 жыллығы мүнәсибети менен «Жақсының аты өшпейди» атамасындағы әдебий еслеў кешеси өткериледи.
Бул әдебий еслеў кешесин Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталары бирлескен редакциялары шөлкемлестирмекте.

2-февральда журналист Атажан Халмуратовтың 70 жыллық юбилейи мүнәсибети менен әдебий еслеў кешеси өткериледи

Бағдарламаға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Ш.Уснатдинов, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен журналист К.Реймов, Қарақалпақстан Республикасына мийнет сиңген журналист Е.Байназаров, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, журналисттиң кәсиплеси, тәжирийбели журналист П.Хожамуратова, класслас жорасы, философия илимлериниң кандидаты, доцент Ю.Әлимбетов, жазыўшы, Қарақалпақстан Республикасына мийнет сиңген журналист Ө.Өтеўлиевлердиң баянат жасаўы көрсетип өтилген.

2-февральда журналист Атажан Халмуратовтың 70 жыллық юбилейи мүнәсибети менен әдебий еслеў кешеси өткериледи

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған