
Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен жоқары оқыў орынларында төлемли-конракт тийкарында оқып атырған, Өзбекистан жаслар аўқамының белсенди ағзасы болған студентлерди материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў тәртиби ҳаққындағы Уставқа муўапық, Өзбекистан жаслар аўқамы төлемли-контракт суммасының 35% ин төмендеги жағдайларда төлеп береди:
- Жоқары оқыў орнының бакалавриат ямаса магистратурасында төлемли-контракт тийкарында күндизги бөлимде (екинши қәнигелик, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў буған кирмейди) оқып атырған болыўы;
- 1-курс студентлериниң қысқы семестрде орташа өзлестириў көрсеткиши 86% ҳәм оннан жоқары болыўы;
- 2- ҳәм жоқары курс студентлериниң өткен жазғы семестри ҳәм усы оқыў жылындағы қысқы семестриниң жуўмағы бойынша орташа өзлестириў көрсеткиши 86% ҳәм оннан жоқары болыўы;
- Усы оқыў жылының төлемли-контракт пулының 65% ин 28-февраль сәнесине шекем төлеп болған болыўы;
- Өзбекистан жаслар аўқамының жоқары оқыў орынларындағы басланғыш шөлкемлери жумысларында белсене қатнасыўы;
- Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен жоқары оқыў орынларында төлемли-конракт тийкарында оқып атырған, Өзбекистан жаслар аўқамының белсенди ағзасы болған студентлерди материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға талабан студентлердиң тийкарғы көрсеткишлерин баҳалаў критериясынан 1-курс студентлери кеминде 70 балл, 2- ҳәм оннан жоқары курслар 143 балл топлаўы керек. Баҳалаў критериясының I блогынан 1-курс студентлери 40 балл, 2- ҳәм оннан жоқары курслар 75 балл топлаған ҳәм II блогынан 1-курс студентлери 10 балл, 2- ҳәм оннан жоқары курслар 20 балл топлаған ҳалда өтиўи керек болады. Баҳалаў критериясын усы жерден жүклеп алсаңыз болады. [attachment=14:35-KRITERIYa-KarInform.uz.doc]
Ескертиў: Жоқары оқыў орынларына қосымша контракт (супер контракт) тийкарында оқып атырған студентлер 2-курс ўақтынан баслап қатнасады. Сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметти атқарып келип, әскерий бөлимниң усыныснамасына муўапық төлемли-контракт тийкарында оқып атырған ҳәм Аўқам тәрепинен материаллық жәрдем берилип атырған студентлер буған қатнаса алмайды.
Жоқарыдағы талапларға жуўап берип, қатнасыўды қәлеўшилер усы жылдың 10-февраль сәнесине шекем Өзбекистан жаслар аўқамының жоқары оқыў орынларындағы басланғыш шөлкемлерине арза менен мүрәжат етиў керек. Арзаның үлгиси, таңлаў анкетасы ҳәм есапларды тапсырыў үлгисин ҳәм таңлаў уставын усы жерден жүклеп алыўыңыз мүмкин. [attachment=17:35-USTAV-ARZA-ANKETA-ESAP-ULGI-KarInform.uz.doc]
Ислам Матеков.