Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.02.2018 14:21
  • 2272

«Жаслар аўқамы стипендиясы» жеңимпазы болған қарақалпақстанлы студентке жеңимпазлық гүўалығы тапсырылды



Усы жылдың 12-февраль сәнесинде Ташкент қаласында Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң «Жаслар пресс-клубы»нда жоқары оқыў орынларының бакалавр басқышы студентлери арасында өткерилген «Өзбекистан жаслар аўқамы стипендиясы» жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.



Бул стипендия таңлаўы жаслар аўқамының жоқары оқыў орынлары студентлериниң арасына тереңирек кирип барыўды тәмийинлеў ҳәм тәсирин арттырыў, жоқары оқыў орынлары студентлериниң жәмийетлик жумыслар ҳәм аўқам жумысындағы белсендилиги және басламашылығын хошаметлеў, сондай-ақ, аўқам жумысларын күшейтиўде студентлердиң қәбилети, илимий искерлиги, белсендилигинен нәтийжели пайдаланыў мақсетинде шөлкемлестирилди. Таңлаўдың төменги басқышларында жәми 1178 студент, республикалық басқышта 331 студент қатнасты. Қатнасыўшылар арасынан ең мүнәсип деп табылған 14 студент жеңимпазлықты қолға киргизди.



Усындай бахытлы студентлер қатарында университетимиздиң қарақалпақ филологиясы факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарының 2-курс студенти Наргиза Балтабаева да бар екенлиги пүткил елимиздиң, соның менен бирге, университетимиз жәмәәтиниң қуўанышы, десем алжаспайман.



- Әлбетте, стипендиат болыў мойнымдағы жуўапкершиликти еки есе арттырады ҳәм буннан былай да жәмийеттиң ҳәр қыйлы салаларында белсенди болыўға, өз теңлеслериме үлги болып, барлық күш-ғайратымды иске салған ҳалда тек ғана алға, жарқын келешекке қарай исенимли қәдем таслаўға шақырады. Өз орнында бизге шексиз имканиятлар есигин ашып берип атырған ҳүрметли Ел басшымызға, бүгин мени жеңимпазлыққа ылайық көрген, үлкен исеним билдирген Өзбекистан жаслар аўқамына шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. 2018-жыл мен ушын сәтли басланды. Жыл соңына шекем еле де бийик шоққыларға өрлеўге, ҳәттеки, бир секундты да үнемли пайдаланып, күнди күн, түнди түн демей, аянбастан мийнет етиўге ўәде беремен, - дейди Наргиза толқынланып, биз бенен сәўбетте.



Мағлыўмат ушын, бул стипендия ең кем ис ҳақының 3 есеси муғдарында 10 ай даўамында жаслардың қәбилети ҳәм илимий дәрежесин қоллап-қуўатлаў мақсетинде бериледи. Ең тийкарғысы, стипендиатлар «Өзбекистан белгиси» көкирек белгиси ҳәм «Келешек қурыўшысы» медалын алыўға талабан сыпатында усыныс етилиўи мүмкин.

Ислам Матеков
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған