Telegram karinform

Мәденият

  • 19.02.2018 11:09
  • 2575

Халықтың батыры емес, түрктиң қатыны қымбат дәўир… (Оқыўшыдан хат)



Телевидение тәсиршеңлиги бойынша ҒХҚ ишинде жоқары орында турады. Сонлықтан, оның аудиториясы кеңирек ҳәм олардың талабы күн сайын артып бармақта. Ал, талапты қанаатландырыў болса ҳәр қандай ҒХҚ ушын тийкарғы орынды ийелейди. Бүгинги күнниң аудиториясының кеўилинен шығыў аңсат емес. Соның ушын көк экран арқалы кеўил ашар шоулар, қызықлы көрсетиўлер ҳәм сериаллар кең түрде берилип барылады. Биз эфирдиң ең кең аудиторияларының бирине ийе болған сериалға тоқтап өткенди мақул көрдик.
Ҳәзирде көпшилик шаңарақлардың телеэкранларынан «Севги изтироби» (бизиңше «Ышқы азабы» деп алғанды мақул көрдик) телесериалы түспей қалды. Сериал идеясы темадан-ақ көринип турыпты, яғный, ышқы-мухаббат ҳаққында. Тийкарынан Кемал ҳәм Ниҳанның мухаббат әпсанасы жырланады.
Енди ўақыялар избе-излигине итибар қаратайық.
Өзан деген жигит Зайнаб атлы қызды жақсы көреди ҳәм үйленеди. Ҳаслында Зайнаб Әмир менен ышқый мүнәсибетте болған. Бирақ, айыбы бола тура Өзан менен турмыс қурады.
Ал, тийкарғы қаҳарманлардың бири болған Ниҳанның жүреги басқа биреўде болса да мейли қәлеўшилиги, мейли зорлық пенен болсын Әмир деген жигитке турмысқа шығады. Соң өзиниң мухаббаты болған Кемал менен ушырасып жүреди. Сериалдың айрым ықласбентлери Интернет арқалы ўақыя раўажланыўында озып кетип, нәўбеттеги серияларда не боларын айтып отырады. Олардың айтыўынша, Ниҳан Әмир менен жасап жүрсе де Кемал менен мүнәсибетлерин даўам етиреди екен.
Және бир эпизодқа итибар қаратайық. Ниҳан Әмирдиң үйинде жасап жүрип, Кемал менен ушырасып жүреди. Бәлким, олар жасырынша ушырасып жүр жеп ойлап қаларсыз. Бирақ, олардың мүнәсибетине гүўа сыпатында Ниҳанның әжапасы қатнасады.
Енди тарийхқа жүзленсек. Пүткил дүньяға белгили жазыўшы Ш.Айтматовтың «Жәмийла» шығармасы ҳәммемизге таныс. Инсан психологиясы, оның ишки кеширмелери ҳақкында сөз етиледи. Бас қаҳарман Жәмийла образы арқалы инсан қәдир-қымбаты, оның еркинликке умтылыўы сөз етиледи. Ол бул шығарманы дөреткен ўақтында қырғыз халқы дерлик қабыллай алмаған. Жәмийланың күйеўи урыс майданында қан кешип жүрген бир ўақытта, ол жарадар бир әскер менен ойнап-күлип жүреди ҳәм соңында қашып кетеди. Шығыс халықлары ҳәм олардың менталитети ушын бул жат нәрсе. Себеби, ҳаялдың күйеўине садық болыўы, туўры келсе өмириниң ақырына шекем күтиўи көплеп әдебий шығармалары арқалы бизге таныс. Ал, шығарма Арагонның нәзерине түсип қалады ҳәм Европа бойлап тарқалып кетеди. Батыс көз қарасынан қараса инсан өз өмири ҳәм еркинлиги, ең баслысы өзин инсан сыпатында қәдирлей билиўи шығарма арқалы сәўлелендирилген. Қалтаға салынып алып қашып келинген бир неше күнлик келин келиўи-келмеўи гүманлы күйеўи ушын өзиниң гүлдей өмирин қурбан ете ме деген мәселе батыс ушын қунлы шығармада өз сәўлелениўин тапқан.
Ҳақыйқатында да, уллы жазыўшының шығармасы жүдә терең идеяға қурылған. Бирақ, әсирлер даўамында қарама-қарсылыққа, өзине жараса парққа ийе шығыс ҳәм батыс менталитети бир-бири менен соқлығысады.
Енди және сериалға қайтсақ. Сериал түрк халқы ямаса Батыс мәмлекетлери ушын ышқы-мухаббаттың әжайып көриниси болыўы мүмкин. Бирақ, бизиң менталитетимиз буны қабыллай алмайды, деп ойлаймыз. Пикир жүргизип көриң. Сизиң қайсыдур қоңсыңыз яки танысыңыздың ҳаялы басқа бир еркек пенен ушырасып жүрсе қандай болады. Биз усы сериал арқалы келешек әўладқа қандай тәрбия берип атырмыз, нелерди үгит-нәсиятлап атырмыз? Ҳәзирги перзентлеримиз телевизор арқалы көргенлерине еликлегиси келеди. Көшелерде балалардың қолына таяқ алып «Мен Жумонгман» деп жүргенлерине талай гүўа болғанбыз. Ал, Ниҳанның қолындағы шексизлик белгисин көрип, бизиң колледж жасындағы ҳәм басқа да қызларымыздың қолында да «шексизлик»белгилери пайда болғанлығы сыр емес.
Және күн тәртибиндеги темалардың бири тырнақша ишиндеги ғалабалық мәденият түсиниги бойын көрсетеди. Биз «ғалабалық мәденият» тың унамсыз көринислерине қарсы идеяларды қаншелли үгит-нәсиятлағанымыз сайын, ол соншелли кеңирек бизиң турмысымызға кирип келиўге ҳәрекет етпекте. Биз оның элементлерин сапластырғанымыз бенен аудиовизуал өнимлер, сериал, кино ҳәм тағы басқалар арқалы турмысымызға кирип келмекте.
Айтажағымыз, аудиторияны өзимизге қаратамыз деп дус келген өнимди усына бермеўимиз керек. Ҳәмме нәрсениң де жақсы ҳәм жаман тәрепи болады. Сериаллар арқалы не нәрселерди үгит-нәсиятлап атырғанымызды есте сақлағанымыз мақул болады. Түрк халқын ямаса Батыс халықларын жаман деген ойдан аўлақпыз. Бирақ, олардың кино өнимлериниң де өзине жараса унамсыз тәреплери бар екенлигин умытпаўымыз керек. Биз бул түрк ҳәм басқа халықлар сериалларын көбирек экранда бергенниң орнына миллий қаҳарманларымыз өмирине арналған кино ҳәм сериалларды жаратып, оларды эфирге узатқанымызда қаншелли жақсы болар еди.
Жақында О.Назарбековтың атқарыўындағы «Мендурман» қосығының клипи түп мәнисинде бурылыс жасады. Себеби, қаҳарманымыз Мангубердиниң образы, оның ерлиги сүўретленди. Атқарыўшының шеберлиги, клипмейкер дөретиўшилиги себепли қосық та, клип те жақсы шыққан. Оны барлық телеканаллар бағдарламаларында берип барды десек лап болмас. Биз аудиторияға усындай қаҳарманларымыздың ерлик ислери, батырлықлары, ўатансүйиўшилиги ҳаққында кино ҳәм сериалларды узатсақ мақсетке муўапық болар еди. Себеби, Тумарис, Шырақ, Әмир Темур, Мангуберди, Маман бий, Ерназар Алакөз сыяқлы батырларымыздың образы халқымыздың ҳәр бир ўәкилинде мақтаныш оятары даўсыз.
Көпшиликтиң итибарына ерискен «Ышқы азабы»ндағы Ниҳанның сүўретлери көпшилик жаслардың телефонында, социаллық тармақларда орын алған. Усыған қарап турып қопал болса да «Халықтың батырларынан көре, түрктиң қатынлары қәдирли болып кетпеди ме екен» деп ойлап қаласаң. Бул тек ғана бизиң жеке пикиримиз. Жуўмақ шығарыў өзиңизден, әзизлер!!!

Жахангер Искендеров,
ҚМУ журналистика бағдарының 3-курс студенти.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

    Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Тергеў басқармасы тәрепинен «Quramax Medikal» ЖШЖ ҳәм «Дәри

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын буннан былай да кеңейтиў

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

20-ноябрь күни Қатар пайтахты Доха қаласында футбол бойынша жигирма екинши жәҳән чемпионатына старт берилди. Дәслепки ойында...