Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.03.2018 11:07
  • 2031

Дәўкемпир ҳаққында аңыз 2 (Аңызлар тилге киргенде…)

Дәўкемпир ҳаққында аңыз 2 (Аңызлар тилге киргенде…)

Бир жесир кемпирдиң жалғыз баласы болған. Кемпир баласы ержеткенше Қалжанбай дегенниң есигинде хызмет етип жүреди. Баласы он бес жасына келгенде бир күни тосыннан аўырады. Баланы тəўипке қаратып көргенде, тəўип оған сазан балық пенен қақтырыўды буйырады. Сорлы кемпир сазан балық излеп көл бойындағы балықшыларға кетеди. Узақ күн излеп балық таба алмай кешқурын үйине қайтады. Қамыслықтың арасы менен киятырса, онша узақ емес жерде мылтықтың даўысы еситиледи. Жүриңкиреп қараса, кемпир қамыслықтың арасында ыңырсып отырған жолбарысқа көзи түседи, оның артқы аяғына оқ тийип жараланған екен. Кемпир буны көрип, есин жыйнап жолбарысқа жақын келеди. Жолбарыс ыңыранып, кемпирге шағынғандай сезим етеди. Кемпир басындағы жаўлығын жыртып алып, жолбарыстың жарадар болған жерин орайды. Ҳайўан тигилип, кемпирге қарап, алғыс айта алмай, ынжылып қала береди. Ол кетип баратырып, жолдан адасады, түни менен жүрип таң саз бергенде балықшылардың қосының үстинен шығады. Сығалап қараса бул балықшы орыслардың қосы екен, олар азап шеккен кемпирди анасындай қəдирлеп аўқат, шай береди. Оларға басынан кеширген ўақыясын ҳəм өз муңын бирме-бир түсиндирип береди, бир мардан балық берип, үйине шекем жеткерип салады. Буннан кейин кемпирдиң баласы да таза балықтың сорпасын ишип кеселинен берман қарай баслайды.
Кемпир бир күни түнде отырса, далада ыңыранған сести еситеди. Жабықтан қараса баяғы жолбарыс келип тур екен, жолбарыс кемпирге, сыйлыққа бир өгиз алып келипти, бул өгиз сол аўылдағы Қалжанбай дегенниң өгизи екен, кемпир неше жыл Қалжанбайдың есигинде жүрип ҳақысын ала алмай шеккен азабы есине түседи. «Быйыл Қалжанбайдың қатыны жүкли еди, өзи кербаз, ақылы жарым еди, жолбарыстың жүрегине жерик болып, сени атқан мийримсиз солар-ғой», – деп кемпир жолбарысқа қарап ишинен жəне де ызаланады. Жолбарыс кемпирдиң сөзине түсингендей болып, кейнине қайтып, қəҳəрленип, қастын тигип барып Қалжанбайдың шаңарағына ўайран салады.

Топлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Уқсас жаңалықлар

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

    2025-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан поезд билетлери баҳалары қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темиржоллары» акционерлик жәмийети