Шахмат ойыны Ҳиндстанда ойлап табылған. Оны еситкен Ҳинд патшасы Шерам усыншама дәрежедеги ақылды шынықтыратуғын ойынды ойлап тапқан адамды көрип, оған өзи қәлеген саўғаны бермекши болып алдына шақыртыпты. Шахматты сол елдиң Сета исимли илимпазы ойлап тапқан екен. Патша оннан кеўли толғанлығын ҳәм не қәлеўи болса бәржай етиўин айтқанда, илимпаз патшадан бир күн ойлап көриў ушын рухсат алыпты. Ертеңине илимпаз патшаның алдына келип:
Шахмат тахтасының биринши кетекшесине бир дана бийдай, екиншисине еки дана, үшиншисине төрт дана, төртиншисине сегиз, бесиншисине он алты, алтыншысына отыз еки дана бийдайдан берсеңиз деп, даўам етип атырғанда патша оның гәпин бөлип:
- Болды түсиникли кейинги кетекшелерге де алдыңғысының еки есесин қосып бара беремиз, бирақ, мен сени бундай киши көлемдеги затты сорайсаң деп ойлаған жоқ едим, мени таң қалдырмадың, сениң орныңда басқасы болғанда патшалығымның ярымын сораған болар еди, - депти де ўәзирине саўғасын берип жибериң деп буйырыпты.
Патша илимпазға есик алдында азғана ўақыт күтип турса саўғасын алып келип бериўин айтыпты, бирақ Сета күтип турмастан кетип қалыпты. Сәскелик ўақтында патша ўәзирин шақырып Сета өз саўғасын алды ма деп сорағанда ўәзири оны есаплап шығыў ушын пүткил мәмлекеттиң математиклери жәмленип есапласа да бола алмай атырғанын айтқанда патша ғәзепленип, тезирек есаплаўын буйырыпты. Арадан бир күн өтип ғана математиклер жыйналып оның нешеге тең екенлигин анықлапты. Патша да буны еситип қуўанып ўәзирине Сетаның сораған бийдайын апарып бериўин айтқанында ўәзири:
- Мени әпиў етиң патшайым, Сета сораған бийдайды пүткил дүньяның бийдайларын қосып есаплағанда да, сол шамаға алып келиўдиң илажы жоқ, - депти. Сонда патша оның сорағаны нешеге тең болды деп сорапты.
- Он сегиз квинтиллион, төрт жүз қырқ алты квадриллион, жети жүз қырқ төрт триллион, жетпис үш миллиард, жети жүз тоғыз миллион, бес жүз елиў бир мың, алты жүз он бес. Бул он еки мың километр куб өлшемдеги жерге тең келеди деген сөз, - депти ўәзири. Патша Сетаның тапқырлығына әне соннан кейин таңланыпты.
Топлаған: Сахибжамал Есемуратова