Шымбай бетте жасайтуғын қарақалпақтың мүйтен урыўынан шыққан қолы өнерли Арыўхан деген қыз болған екен. Ол жүдә нағыслап қур тоқыйды екен. Бир күни кешке дейин қур тоқып, шаршап, бир нәрселерди ойлап отырғанда, қурдың жиплерин ўақты-ўақты кесип таярлайтуғын пышағы жерге түсип кетипти. Нешше жыллардан берли пайдаланған полат пышағының сабы түсип қалған. Төмен түсип баратырып жипке тийип кетип «дың» етип, жағымлы бир сес шығады. Қыз дәрриў пышағын алып, қызықсынып қарайды. Қараса пышақтың сап жағы биздиң ушындай жиңишке, бирақ биздей жумыры емес, қыяқтай жуқа екен. Бармағы менен азмаз қайыстырып, өз аўанына жиберип қалса, оннан жаңлап сес шығады. Шаршап отырған қыз соннан жағымталлы сес шыққанына қуўанып, ҳәр түрли етип шертип ҳәлекленип отырады. Ақырында оның астына гилт қойып, ернине апарып, кесесине тутып, еки тистиң арасын пышақтың қырынай ашып, пышақтың жаңағы жиңишке сабын аўыздың ишине қарай шертип қараса, полат ушының сести бурынғыдан гөре жақсырақ ҳәм ашығырақ шыға баслайды. Ҳәтте, намаға да келгендей болған. Ол полаттағы буныңдай қәсийетти сезип, сол ўақыттағы Шымбайдың шебер темиршилеринен есапланған Қарақалпақтың Мәнжиўли деген тийресинен шыққан Шамурат уста дегенге апарады.
Арыўхан барып, Шамурат устаға болған ҳәдийсени бир-бир баян қылады. Зейинли ҳәм шебер Шамурат уста мәселени аңлап, қыздың айтқанларын әмелге асырыўға тырысады. Нәтийжеде, сол Шамурат уста бир саз-әсбабын соққан. Оның аты шыңқобыз деген. Қыздың шыңқобызының тили пышағының сап жағы болғанлықтан оның бас жағы пышақ болып қалаберген. Өйткени ол қур тоқып отырған сол пышақ пенен жип кескен ҳәм қур кескен. Зериккенде дем алып, пышақтың сап жағындағы шыңқобызды шертетуғын болған.
«Бир қыз сондай қобыз соқтырыпты» деген хабарды сол замандағы той- мерекелерде, жаңа көзге түскен дуўтарға нама қоса алатуғын қосық айтып жүрген қоңыратлы, урыўы қазаяқлы Турымбет қызы Зийбагүл деген хош ҳаўаз қыз еситип келип, Арыўханның шертип отырғанына қарап таң қалыпты. Зийбагүл Шамурат устаға барып:
- Қур тоқыўшы қыздың қобызындай қобыз соғып бер, ҳақыңды беремен, бирақ, қобызың пышақсыз болсын, - деп қасында отырып алыпты. Шамурат уста:
- Ҳәзир қолым тиймейди. Ертең кел, - десе де, Зийбагүлдиң өзи шыңқобызға сондай ышқыбаз болғанлықтан устаның қасынан шықпаған. Бойлы сынлы, хош ҳаўаз қыз устаның алдында өтиниш етип:
- Жән аға, - деп турған соң Шамурат уста:
- Нәзериңди қайтармайын, бир буйымың түсип келеғойыпсаң, соғып берейин, бирақ көрикти өзиң басасаң, - дейди.
- Қыз баланың араласатуғын иси емес еди-ғой, ол қалай болар екен? – депти Зийбагүл. Уста Шамураттың өзи де сол жумысқа Зийбагүлди ылайық көрмей отырған еди.
- Саған бул жумысты ислетпес едим, көрик басатуғын шәкиртимди бир жаққа жумсап едим, - дейди. Жумысым тезирек питсин, – деп Зийбагүл устаның көригин басыўға ырза болыпты. Қәйтсин ақыры, шыңқобызға ықласы кеткен Зийбагүл темиршиниң көригин басып, шыңқобызды өзи айтқандай етип ислетип алыпты.
Шыңқобыздың атын шығарған оны саз-әсбабы етип қатарға қосқан сол шебер қуршы қыз Арыўхан менен Қоңыратлы қыз Зийбагүл екен.
Топлаған: Сахибжамал Есемуратова