Telegram karinform

Мәденият

  • 23.02.2018 13:52
  • 2137

25-февраль күни ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы болып өтеди

25-февраль күни ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы болып өтеди

Усы жылдың 25-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының университет басқышы болып өтиўи режелестирилген. Таңлаўда университеттиң 10 факультетинен командалар қатнасады ҳәм олар еки топарға бөлинген ҳалда беллеседи. Таңлаў бағдарламасына муўапық, студентлер «Биз сағынған ҚҲЗ» темасындағы сәлемнама, «Биатлон» атамасындағы төрт айланымнан ибарат ҳәзиллер, «Оригинал ҳәзил» атамасында студентлер эстрадалық-миниатюра театры, «Жанлы ҳаўазға не жетсин!» атамасындағы музыкалы шәртлер бойынша өз қәбилетлерин көрсетиўи тийис.
Мағлыўмат ушын, өткен жылы өткерилген таңлаўдың университет басқышында Химия-технология факультети командасы жеңимпаз болған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында