Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.02.2018 13:55
  • 2239

Karinformға мүрәжат: «Қарақалпақстан» радиоканалы хызметкерлери өз ТОЛҚЫНына ийе болыўды ҚӘЛЕЙДИ

Karinformға мүрәжат: «Қарақалпақстан» радиоканалы хызметкерлери өз ТОЛҚЫНына ийе болыўды ҚӘЛЕЙДИ

Елимиздеги түрли тараўлардағы жаңаланыўлардан кеўилимиз толып қуўансақ та, жүрегимизди қыйнап жүрген бир сораў бизге тынышлық бермейди.
Сексен жылдан асламырақ тарийхты өз ишине алған «Қарақалпақстан» радиоканалы усы раўажланыўлардан, өзгерислерден шетте қалып баратырғандай…
Теңлеслеримиз, жаслардың көпшилиги «Қарақалпақстан» радиоканалының бар екенлигин де билмейди. Ал, айырымлары сораўымызға «Ҳәр ўақытта бир шығатуғын радиома?» деген сораў менен жуўап қайтарады. Биз халықтың бул пикирлерин бийкарлай алмаймыз. Олардың пикирлеринде де жан бардай. Себеби, радиоканал еситтириўлерин суткасына 6,5 саат ғана эфирге узата алады. Бул ўақытта да өз толқынында емес, ал, «Машъал» радиоканалының толқынында шығады. Азанғы 7:00-9:00 аралығында, түсте 11:00-13:00 аралығында, ал кешқурын 17:00-19:36 аралығында эфирге шығады. Енди тыңлаўшылардың «ҳәр ўақытта шығатуғын радиома?» деген сораўына қарсы шығып та дадимал айта алмаймыз. Бул ўақыт аралығында жаслар оқыўда болады. Ал, көпшилик радионы кеште тыңлайды. Кеште радио эфирден берилмейди. Қарақалпақстан Республикасында өзи бир ғана республикалық радиоканалдың аҳўалының усындай дәрежеде екенлиги жүдә ашынарлы. Буны ғалаба хабар қуралларына деген итибарсызлық сыпатында қабыллаў керек пе екен? Бундай жағдайларды кеше сиз, бүгин биз дүземесек… Ертең оны кимдур дүзеўине ким кепиллик береди?
Усындай сораўлар бизди қыйнап жүрген бир ўақытта сайтымызға радиоканалдың пидайы режиссёрынан мүрәжаат болды.
«Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен «2017-жылдың - Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп белгилениўи бизди жүдә қуўандырып еди. Бирақ, бул жылдың «пайы»нан да «бос» қалдық. Биз «Қарақалпақстан» радиоканалы дөретиўшилик топары радиоканалдың өз толқынына ийе болыўын, эфир саатларымыздың көбейиўин қәлеймиз. Бир неше мәрте Миллий Телерадиокомпания (МТРК) басшыларына мүрәжәәт еттик, бирақ, ҳәрекетлеримиз нәтийжесиз қалды. Күн даўамында алты ярым саат эфирге узатылатуғын, ҳәттеки, өз толқынына да ийе болмаған «Қарақалпақстан» радиоканалы ушын жүдә ашынарлы жағдай, - деди биз бенен сәўбетте усы радиоканалдың пидайы режиссёры Елмурат Есемуратов.
Сондай-ақ, ол радиоканалдан жетилисип шыққан журналистлер ҳаққында да айтып өтти: «Усы «Қарақалпақстан» радиоканалында бүгинги күнге шекем қаншадан-қанша кәсип пидайылары мийнет етип, халықтың ҳүрметине еристи. Бул жерде журналистиканың «қазанында қайнаған» қаншадан-қанша инсанлардың арзыў-үмитлери, әрманлары бар. Президентимиз Ш.Мирзиёевтың «Енди ҳәммениң оянатуғын ўақты келди» деген пикирлери бул нийетлеримизге қанат болмақта ҳәм Президентимиз айтқанындай: «Бизге исенген халқымызға ҳадал мийнетимиз бенен хызмет етиўге таярмыз. Бар күш-ғайратымызды сарплаўға бел байлаған «Қарақалпақстан» радиоканалы ушын «ОЯНЫЎ» дәўири келсе екен…», - деди ол үмитленип.
Қарақалпақстан шараятында бүгинги күнде журналистика қәнигелигин питкерген көп журналистлер жумыссыз қалмақта. Буның тийкарғы себебин олардың саўатсызлығы ямаса талантсызлығы менен байланыстырыў кыйын. Оның тийкарғы себеби, газета-журналлар, телевидение ҳәм радиода журналистлердиң саны жетерли болыўында. Артықша орын жоқ. 6,5 саат ғана эфирге шығатуғын радиода қанша журналист ал, 24 саат даўамында эфирге шығатуғын радиоканалда қанша журналист жумыс ислеўи мүмкин? Бул екеўин салыстырыўдың өзи қыйын. Қәне енди, радиоканал өз толқынына ийе болып, саатларының саны көбейсе, көпшилик журналистлер жумыс пенен тәмийинленген болар еди, деп жүрген жас қәнигелер аз емес.Бундай жетискенликлер журналистлерди және де руўхландырған болар еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

    Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер