1. Өзгеше гүллер.
Ҳаял-қызлар ҳәрдайым гүл алыўды унатады. Бирақ, бул күни әдеттегиден өзгешерек гүллерди саўға еткениңиз мақул.

2. Парфюмериялық саўғалар.
Егер ҳаял-қызларға парфюмериялық саўға бергиңиз келсе, әлбетте, оның қандай ийислерди унатыўы менен қызықсының. Илажы болса, оның жақын инсаны менен ойласып алғаныңыз жақсы болады.

3. Тағыншақлар.
Ҳаял-қызлар гүл менен қоса тағыншақларды да жүдә жақсы көреди.
Тийкарғысы оның баҳасында емес, ал сулыўлығында ҳәм нәзиклигинде. Сиз сондай сулыў тағыншақты таңлаң, ол сиз инам еткен инсанды куўантсын.

4. Сумка ямаса шыжлан.
Ҳаял-кызлар ушын ең пайдалы саўға – бул сумка ямаса шыжлан.
Бул саўғаны таңлаўдан алдын сол ҳаял ямаса қыздың қандай сумкалардан пайдаланып жүргенине итибар қаратың.

5. Дастурханға мирәт етиў.
Концертке, ойын-заўық кешесине ямаса романтикалық кешки аўқатқа мирәт етсеңиз бул да ол инсанның ядында қалатуғындай әжайып саўға болады.

6. Фотосессия.
Соңғы ўақытлары кеңнен ен жайып атырған бул хызмет түри ҳаял-қызлар ушын жақсы саўға болыўы сөзсиз. Кешки аўқат ўақтында фотографты үйиңизге мирәт етип, дастурхан әтирапында шаңарақ ағзаларыңыз бенен фотосессия шөлкемлестириң.

Сахибжамал Есемуратова