
Артықша салмақтан қутылыў ушын дәслеп мазалы затлардан ўаз кешкен қыз соңын ала улыўма аўқат жемеген, деп хабар береди segodnya.ua
Германияның Майнц қаласында жасаўшы Анника Хоф 14 жасында фитнес пенен шуғылланған. Кейинирек улыўма аўқат жемей өзиниң организмине үлкен зыян жеткерген.
Қызының көз алдында солып баратырғанын көрген ата-анасы оны емлеўханаға жатқарған. Өзиниң арықлығын сақлап қалыў ушын Анника емлеўханада шыпакерлердиң берген аўқатларын ҳәм дәрилерин ишпеген.

Өзине ғамхорлық еткенлердиң мәсләҳәтине кулақ аспаған қыз 39 кг болғанда ден саўлығының әззилеп қалғанлығын түсинген.
Соң шыпакерлердиң мәсләҳәти менен аўқатларды жеп, медициналық спорт пенен шуғыллана баслаған.
Сахибжамал Есемуратова