
КХДР басшысы Ким Чен Ин Қубла Корея президентиниң арнаўлы ўәкиллеринен дүзилген делегацияны қабыллады, деп хабар берди, RIA Новости.
Ушырасыўда Ким Чен Ин «ўатанды бирлестириўде жаңа тарийхтың басланған»ын айтып өткен. Оған Қубла Корея президенти Мун Чже Инниң хаты тапсырылды.
Арқа Корея орайлық телеграф агентлигиниң берген мағлыўматларына муўапық, Ким Чен Ин арнаўлы ўәкиллерден «Президент Мун Чже Инниң жоқары дәрежедеги ушырасыў өткериўди қәлейтуғынлығын еситти, олар менен пикир алмасты ҳәм унамлы жуўап қайтарды».
КХДР басшысы тийисли органларға ушырасыўға таярланыў ушын көрсетпе берген.
Сахибжамал Есемуратова