
Өзбекстан Қуран жарысының Қарақалпақстан Республикасында өткерилген аймақлық басқышының жеңимпазлары анықланды. Бул ҳаққында paziylet.uz сайтының телеграмдағы каналы хабар берди.
Қуран жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы жеңимпазлары менен танысың.
Тиләўат жөнелиси бойынша (18-25 жас)

1. Аметниязов Нурмуҳаммед (Тахтакөпир районы)
2. Нураддинов Шамсуддин (Тақыятас қаласы)
3. Исмаилов Ислом (Беруний районы)

18-25 жас аралығындағы қатнасыўшылар ортасында өткерилген жарыста биринши орын жеңимпазына Умра зыяраты ушын жолланба, екинши орын жеңимпазына телевизор ҳәм үшинши орын жеңимпазына кир жуўыў машинасы тапсырылды.
26-40 жас аралығындағы жарыстағы жеңимпазлар:
1. Раджапов Султанбай (Нөкис районы)
2. Сапашов Залфиқар (Шоманай районы)
3. Обуджонов Назаржон (Елликқала районы)

26-40 жас аралығындағы қатнасыўшылар ортасында өткерилген жарыста 1-оын жеңимпазына музлатқыш, 2-орын жеңимпазына музлатқыш, 3-орын жеңимпазына телевизор саўға етилди.

Сахибжамал Есемуратова