Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.05.2017 21:40
  • 2591

ҚМУ да «Сөз зергери Тилеўберген!...» атамасындағы әдебий кеше болып өтти



18-май сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң руўҳыйлық залында Тилеўберген Жумамуратовтың жақында баспадан шыққан китапларын студентлер арасында кеңнен ен жайдырыў мақсетинде «Сөз зергери Тилеўберген!...» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.



Әдебий кешеде филология илимлериниң докторы, профессор Қурбанбай Жәримбетов, филология илимлериниң кандидаты, профессор Кеңесбай Алламбергеновлар Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Ҳүрмет белгиси», «Халықлар дослығы» орденлериниң ийеси Т. Жумамуратовтың дөретиўшилиги туўралы пикирлер билдирди. Буннан басқа да шайырдың жаңа китапларының презентациялары өткерилип, баянатлар сондай-ақ, шайырдың қосықлары оқылды. Кеше соңында Т. Жумамуратовтың дөретиўшилигине бағышлап өткерилген студентлер ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды ҳәм студентлер тәрепинен сүўретке алынған видеоролик қойып берилди.



Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында