Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.03.2018 19:40
  • 2114

Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстаннан 2 ҳаял-қыз сыйлықланды

Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстаннан 2 ҳаял-қыз сыйлықланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2018-жыл 7-март сәнесиндеги «8-март – Халық аралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасынан 2 ҳаял-қыз атақ ҳәм орден менен сыйлықланды.
Жәмийетимизде ҳаял-қызлардың орны ҳәм абыройын арттырыў, олардың шаңарақты беккемлеў, жас әўладты ўатансүйиўшилик, ғәрезсизлик идеяларына садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде түрли тараўларда мийнет етип киятырған ҳаял-қызларды сыйлықлаў ҳаққында Пәрманы тастыйқланды.
Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы «Қарақалпақстан» телеканалының аға редакторы Өтениязова Алтынгүл Палўановна «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист», ал Шымбай районы «Lanextrakt» қоспа кәрханасының сыртқы экономикалық мәселелери бойынша директоры Абдурахимова Мухайё Рахматуллаевна «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстаннан 2 ҳаял-қыз сыйлықланды

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған