Telegram karinform

  • 21.05.2017 21:43
  • 2751

Дуздың пайда болыўы ҳаққында аңыз (Аңызлар тилге киргенде…)

Дуздың пайда болыўы ҳаққында аңыз (Аңызлар тилге киргенде…)

Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын билмей, аўқатларын дузсыз жейтуғын болыпты. Оның дәслепки рет аўқатқа қосылып желинетуғынлығы ҳаққында халық аўзында мынадай бир аңыз бар. Бир аңшы қартайғаннан соң бир жерге барып от жағып, аңның гөшин туўрап иске өткерип, кәбап етип жемекши болыпты. Аңшының сол отырған орны дуздың кәни екен. Истен тартып алған бир бөлек гөши жерге түсип кеткенинде оны қайтадан қолына алып, қартайғанлығы себепли оны жуўыўға еринип, сыртын азғана сыпырып аўызына салса, гөштиң мазасының өзгергенинин аңлапты. Буған ҳайран қалып тағы бир гөш алып, өзи жерге басып аўызына салса, оннан да мазалы болыпты.
Аңшы бул бир қәсийеттиң бар екенин билип, қалған кәбабын дузлап, мазалы етип жеп алады да, дуздың таза жеринен топырақ-шаңынан тазалап, дорбасына салып үйине алып кетипти.
Дәслеп сынап көрип кем-кем қазанға да сала баслапты. Дуз қайсы өнимге салынса сол жери мазалы бола берипти. Бул әдет халыққа жайылып, халық дузды қолланып мазалы аўқат жейтуғын болыпты.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған