
Усы жылдың 14-март сәнесинде пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Жаслар пресс клубының 3-сессиясында қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы баслығы Қ.Нағметов “Қарақалпақстан” телеканалындағы информациялық бағдарлама есапланған “Хабар” бағдарламасының аты не ушын “Дияр” болып өзгертилгенине түсиник берди.
Оның айтып өтиўинше, Қарақалпақстан аймағында жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерди Өзбекстан көлемине алып шығыў ҳәм “Өзбекстан 24” телеканалында эфирге берилип атырған “Диёр 24” бағдарламасы ушын көрсетиў таярлаў мақсетинде бағдарламаның аты өзгертилген.
Көрсетиў атын өзгертиў арқалы бағдарламаны таярлап атырған журналист және техникалық хызметкерлер бул бағдарламаны Өзбекстан көлеминде таярлап тарқатыў ушын еле де излениўде болатуғынлығы, өз үстинде тынымсыз ислеп, жуўапкершиликти арттыратуғынлығын билдирди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Ислам Матеков.