
Халықаралық Пресс-клубта өткерилген «Экологиялық ҳәптелик-2017» ашылыў салтанатына арналған сессияда Арал машқаласы да тилге алынған. Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы спикериниң орынбасары Борий Алихоновтың мағлыўмат бериўинше, өткен жыллар аралығында Арал теңизиниң көлеми 29 метрге тартылған. Ол жердеги 20 түрдеги эндемикалық балық түриниң биреўи де қалмаған. Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, Арал машқаласы бойынша 4 миллиард 8 миллион сўмлық жойбар әмелге асырылады. БМШның басшылығында Халықаралық Конвенция ислеп шығылады ҳәм қабыл етиледи.