АҚШтың The National Interest басылымының жазыўынша, дүньяда ядролық әскерий бомбалы ракеталар менен қорғалған тек ғана бир қала бар – Москва.
Басылымға тийкарланып, Kun.uz дың
хабарлаўынша, дүньядағы ең жақсы қорғалған қала – Москва болып табылады. Россия пайтахты «ядролы зонтик» астында орналасқан бирден-бир халық жасайтуғын орын есапланады.
АҚШ ҳәм бурынғы Аўқам тәрепинен 1972-жылы тастыйықланған ракеталарға қарсы ҳүжим бойынша қуралларды қадағалаў келисиминде тилге алынбаған бир тәреп бар еди. Оған муўапық, келисим барлық ракеталарға қарсы системаларды бийкарламаған. Тәреплердиң ҳәр бири жүз данаға шекемги ракета менен қуралланған бир дана ракетадан қорғаныў системасына ийе болыўға ҳақылы болған. Соның менен бирге, бундай системаны қәлеген жерге орналастырыў да мүмкин еди.
АҚШ Safeguard системасын Арқа Дакота штатындағы Grand Forks әскерий авиабазасының әтирапына орналастырыўға қарар еткен, бирақ, бул система қысқа мүддет ислеген, кейин ала демонтаж етилген.
«Аңықланыўынша, бир ғана аймақты оғада қымбат система жәрдеминде қорғаўдан ҳешқандай мәни болмаған», - деп жазады National Interest.
Бурынғы Аўқамды болса басқаша жағдай болған – Москваның атом бомбасы менен ўайран етилиўи мәмлекетти жуўап соққысын бериў имканиятынан айырыўы мүмкин болған, өйткени, командование Москвада орналасқан еди. Нәтийжеде, Москваның ядролық урыс ўақтында аман қалыўын тәмийинлейтуғын ҳаўа ҳүжимине қарсы қорғаныў тармағы А-35 пайда болған.
Дәслепки идеяға муўапық, Москва әтирапында ракеталарға қарсы 32 майданшаны қурыў көзде тутылған. Ўақыттың өтиўи менен олардың муғдарын кемейтиўге қарар етилген, бирақ, ендилигинде ракеталар ядролық бомбалар менен тәмийинленген, бул болса олардың нәтийжелилигин және де арттырған.
Мақалада жазылыўынша, бир оқты екинши оқ пенен тоқтатыў орнына, ракетадан қорғаныў системасы бул оқты өз ўақтында жарып жиберетуғын қол гранатасы жәрдеминде жоқ етиледи.
Еки тәрептиң ядролы қурал-сайманлары турақлы түрде артып барғаны себепли, 1070-жыллары А-35 системасын жаңаланған А-135 системасы менен алмастырыўға туўра келген. Дәслепки 32 қурылмаға және 68 жаңасы қосылған ҳәм Москваның басқарыўында ракеталардан қорғаныў системасы бойынша келисимде руқсат етилген 100 дана ракетаға қарсы қурылма жүзеге келген.