Telegram karinform

Мәденият

  • 17.03.2018 11:28
  • 2700

21-март күни пайтахтымыздың 3 орнында байрам тамашалары болып өтеди. Байрам бағдарламасынан нелер орын алған?




Усы жыл март айында байрамның шөлкемлескенлик жағдайында өткерилиўин тәми¬йинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен бир қатар илажлардың әмелге асырылыўы күтилмекте.
Атап айтқанда, пайтахтымызда 21-март күни саат 10:00 ден 17:30 ға шекем үш жерде, яғный, И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи менен «Жаслар орайы» алдындағы майданда, «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында «Наўрыз» улыўма халықлық байрам сейили өткериледи.
«Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасында өткерилетуғын бул илажларда халықтың кеўилли дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылып, байрамға бағышланған ҳәр қыйлы концерт бағдарламалары, театр¬ластырылған байрам тамашалары өткериледи.
Мәселен, И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда өткерилетуғын илажда Бердақ атындағы академиялық музыкалы театр жәмәәтиниң, 12-санлы Балалар көркем өнер музыка мектеби оқыўшыларының, шайырлардың шығыўлары, ҳәр қыйлы спорт ойынларының өткерилиўи күтилмекте. «Әмиў толқыны» фольклор этнографиялық ансамблиниң, қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Ҳүрлиман» халық ансамблиниң, Шымбай, Әмиўдәрья, Төрткүл, Хожели, Қараөзек районларындағы ансамбльлер менен ҳәўескерлердиң, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесиниң эстрада қосықшыларының, «Айқулаш жулдызлары» ансамбли сазенделериниң ҳәм басқа да миллий мәдений орайлардың шығыўлары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлайды, деп ойлаймыз. Орынларда бақсы, жыраў ҳәм шыңқобыз намалары жаңлап турады.
«Жаслар орайы» алдындағы майданда, «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында өткерилетуғын илажлар да дерлик усы тақылетте. Өзгешелиги, оларға қосымша Жас тамашагөйлер ҳәм Қуўыршақ театрларының, дәрўазшылардың шығыўлары, ҳәр қыйлы аттракционлар сейил қатнасыўшыларына өзгеше үлкен заўық бағышлайтуғынына исенемиз.
Ал, республикамыздың қала ҳәм районларында өткерилетуғын байрам илажлары район орайларындағы мәденият дем алыў бағларында ҳәм орайлық спорт майданшаларында болып өтеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған