Telegram karinform

Сиясат

  • 01.06.2017 14:28
  • 2385

АҚШ қорғаныў министри: «Арқа Кореяға қарсы урыс орны толмас апатшылықларға алып келиўи мүмкин»


АҚШтың қорғаныў министри Джеймс Меттистиң пикиринше, Арқа Кореяға қарсы басланыўы мүмкин болған урыс орны толмас апатшылықларға алып келиўи мүмкин. Бул ҳаққында Korrespondent O‘zbekiston министрдиң CBSNews ке берген интервьюси тийкарында хабарлады.
Оның сөзлерине қарағанда, КХДРдағы қарама-қарсылық «адамзаттың көпшилиги ушын гүрестиң ең жаман түри болған болар еди».
Меттис Арқа Корея өз дөгерегиндеги мәмлекетлер, атап айтқанда, Япония, Кытай ҳәм Россия ушын қәўип туўдырыўын айтып өткен.
«Егер биз жағдайды дипломатиялық қураллар жәрдеминде системаластыра алмасақ ҳәм изи урысқа айланып кетсе, бул орны толмас апатшылық келтиретуғын урыс болады», - деп жуўмақ жасады әскерий министр.
Буннан бираз алдын, АҚШтың бурынғы мәмлекетлик хаткери Хиллари Клинтон АҚШ президенти Дональд Трамптың Twitter социаллық тармағында алып барып атырған дипломатиясын сын астына алып, Арқа Кореядағы машқалаларды Twitterде емес, ҳақыйқый еки тәреплеме сөйлесиўлер арқалы шешиў кереклиги ҳәм буның ҳәзирги ўақыттағы әҳмийетине тоқталған еди.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған