Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.06.2017 15:22
  • 2579

Журналистлик жумыс «копировать и вставить» дегени емес…

Facebook социаллық тармағында Өзбекистан миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАда жәрияланған журналистлик материаллардың айрымларына пайдаланыўшылар өзлериниң пикирлерин билдирип өтпекте. Олардың көпшилиги «Журналистлеримиз деп мақтаныш ете бериң, әпиўайы ғана «копировать и вставить» етемиз, болғаны» мазмунындағы пикирлерден ибарат. Хош, халықтың бундай пикирге келиўине не түртки болды?
Агентлик сайтында жәрияланған еки түрли атамадағы материалда бирдей гәплердиң болыўы, ондағы тек ғана адам атларының өзгергени бүгинги зийрек оқыўшылардың итибарынан шетте қалмады. Социаллық тармаққа олар усы материаллардың сүўретин де жәриялады.


Бирақ, айрымлар сыяқлы бизлер де буған оншелли исениңкиремей, агентлик сайтына кирип көрдик ҳәм тилекке қарсы, пайдаланыўшылардың пикирлери дурыс екенлигиниң гүўасы болдық. Мине, оның дәлили.



Биз, журналистлер, қыйыннан қыйыстырып, жәмийеттиң арасына кирип барып, олардың машқалаларын, тилек-өтинишлерин көтерип шығыўды ойламай, журналистлик этиканы сақламастан, көширип алыўға жол қоя берер екенбиз, халық ҳешқашан бизлерге исенбейди. Олай болса «төртинши ҳәкимият» түсиниги абсурдлыққа айланады.

Ислам Матеков ҳәм Сахибжамал Есемуратова.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...