Усы жылдың 20-март күни Бухара-Мискин темир жол линиясында жолаўшыларды тасыў басланды. Бул ҳаққында Өзбекстан темир жоллары компаниясының мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 13-марттағы «Бухара – Мискин темир жол линиясын қурыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық қурылған усы темир жол линиясының улыўмалық узынлығы 355 километрди қурайды. Оның 335 километринде жаңа полат қуймалар жатқарылған болса, 20 километр аралықтағы темир жол түпкиликли қайта қурылды.
Қурылыс-монтаж жумыслары Бухара районынан Мискин бәндиргисине шекемги аралықта, бир ўақыттың өзиндееки тәрептен әмелге асырылды. Бул жөнелисте 121 жасалма қурылыс, 12 көпир ҳәм 6 жол өткергиш қурып питкерилди. Жойбар шеңберинде 21,2 миллион кубометр көлемдеги топырақ жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге, бул жөнелисте 5 станция (Янгиобод, Тузтепа, Учачиқ, Сузакдор, Дәўтөбе) ҳәм 5 разъезд (Машак, Азанир, Алабуға, Жекесай, Ақчуқа) қурылды.
Мағлыўмат ушын, 2017-жыл 1-декабрьден баслап бул темир жол линиясы арқалы жүк поездлериниң қатнаўы жолға қойылған еди.
Ислам Матеков.