Telegram karinform

Экономика

  • 21.03.2018 11:59
  • 2315

Бухара-Мискин темир жолы арқалы Ташкентте барыў 2 саатқа қысқарады



Усы жылдың 20-март күнинен баслап Ташкент-Үргениш ҳәм Ташкент-Нөкис-Қоңырат жөнелисиндеги жолаўшы поездлер жаңадан қурылған Бухара-Мискин темир жол линиясы арқалы ҳәрекетлениўди баслады.
Ҳәзирги күнге шекем Ташкент-Үргениш поезди 1027 км, Ташкент-Нөкис-Қоңырат поезди 1327 километрлик жолды басып өтип, «Наўайы-Үшқудық-Мискин» магистралы арқалы ҳәрекетленген болса, усы жойбардың қурып питкерилиўи менен поездлердиң қатнаўы дерлик 100 километрге қысқарды. Бул болса жолға кететуғын ўақытты, жанар майды ҳәм басқа қәрежетлерди тежеўге тийкар жаратады.
Ең баслысы, Ташкент қаласынан Үргениш, Хийўа, Нөкис қалаларына баратуғын ҳәм усы жөнелислерден Ташкент қаласына баратуғын жолаўшы поездларының ҳәрекетлениў ўақты дерлик 2 саатқа қысқарады.
Ташкент-Саратов, Ташкент-Волгоград, Алматы-Нөкис, Әндижан-Үргениш, Нөкис-Үргениш-Термиз поездларының да усы жаңа линия арқалы қатнаўы жолға қойылады. Бул болса елимизде туризмди раўажландырыў, туристлер ағымының еле де артыўына тийкар болады.
Бул темир жолдың екинши басқышында электрлестириў жумыслары әмелге асырылып, усы жөнелис арқалы электропоездлар ҳәм жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын «Афросиёб» заманагөй поездлар қатнаўы да әмелге асырылыўы көзде тутылған.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...