Telegram karinform

Мақала

  • 07.06.2017 16:58
  • 2519

Жабық есиклер күнлери ямаса тек комиссия ушын ашылатуғын есиклер



Нөкис қаласындағы көпшилик мәмлекетлик шөлкемлер, оқыў орынларының дерлик барлығының тийкарғы алдыңғы есиклери жаўық болады. Ал, ишке кириў ушын қосымша имараттың қаптал тәрепиндеги бир есиги ашық турады. Бул тийкарғы үлкен есиклер «кирлеп» қалмаўы ушын ойлап табылған болса итимал. Бирақ, усы есиклер комиссия, тексериўшилер келетуғын күни ашық болатуғыны анық. Ҳәттеки, тийкарғы алдыңғы есиклери ашық турғанлығынан сол орынға комиссия келгенлигин билиўге болады. Бул тек Нөкис қаласына ғана тән емес. Бул жағдайды дерлик барлық районларда ушыратыў мүмкин. Имаратлардың қосымша есиги айрықша жағдайлар жүз бергенде пайдаланыў ушын салынады. Ал, имаратты қурған ўақытта оның тийкарғы алдыңғы есиклери, кирер жери имаратка кириўшилер, мийманлар ушын арнайы түрде сулыўлап, ишке кирген адамның зейнин ашатуғындай етип салыў нийет етиледи. Имаратқа келген адам дәслеп оның есиклерине қарап баҳа береди. Сонлықтан, тийкарғы есиклерди ашып, хызметшилер ҳәм мийманларды ашық жүзлилик пенен күтип алайық!

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған