
Астанада белгили актёр Жеки Чан брифинге қатнасты деп хабар бермекте NUR.KZ. Жеки Чанды көриў ушын Қазақстанның түрли орынларынан адамлар жыйналған. Актёр қызыл гилемге келиўи менен адамлар оны орап алған. Жеки Чан бирнеше автограф бергеннен соң, Қазмедиа имаратына кирип кеткен. Бул жерде қытай киносының фестивалы болып өтеди. Актёр ықласбентлери ҳәм журналистлер менен ушырасып, жетискенликлериниң сыры менен бөлискен.


Сахибжамал Есемуратова