
Усы жылдың 23-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасында ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте таярланған «Ўзбекистонда журналистика таълими моделлари стратегияси: миллий ва халқаро тажриба» атамасындағы китаптың презентациясы болып өтти. Оған университеттиң журналистика кафедрасының профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилер, студентлер ҳәм китап авторларының бири, илимий излениўши Б.Алимов қатнасты.

Китап излениўши Б.Алимов ҳәм филология илимлериниң докторы Я.Маматовалардың авторлығында жарық көрген болып, онда бүгинги глобалласып баратырған дүньяда жоқары мағлыўматлы журналист кадрларды таярлаў, көнликпе ҳәм тәжирийбелерин арттырыўда шет еллер, сондай-ақ, жергиликли тәжирийбе ҳаққында илимий пикирлер, жаңалықлар келтирилген.

Китаптың пикир билдириўшилериниң бири сыпатында журналистика кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты З.Оразымбетова Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатнамасында елимизде Журналистика ҳәм ғалабалық коммуникациялық университетиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм журналистлердиң жоқары мағлыўматлы, жетик билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы ушын алдағы ислениўи керек болған ўазыйпалардан келип шығып бул китаптың жазылғаны ҳаққында жыйналғанларға түсиник берди.

Презентацияда китаптың жирналистлик билимлендириўдеги әҳмийети ҳаққында кең түрде пикир алмасыўлар ҳәм сораў-жуўаплар өткерилди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Ислам Матеков.