Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.03.2018 12:11
  • 2081

Быйыл жаслар фестивалы шеңберинде гала-концерт бола ма? Анықлық киргизилди



Усы жылдың 17-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында өткерилген Жаслар пресс клубының 4-сессиясында KarInform.uz сайтының редакторы Ислам Матековтың «Быйылғы жылы жаслар фестивалы бола ма? Гала-концерт те болып өтиўи режелестирилген бе?» деген сораўына Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Аралбаева төмендегише жуўап берди:




- Быйылғы жылы жаслар фестивалы «Жаслар – келешек қурыўшылары» сүрени астында барлық билимлендириў мәкемелеринде, 3 бағдарда - «Жас қосық атқарыўшылары», «Жаслар музыкалы ансамбльлери ҳәм оркестрлери» ҳәм «Студентлер театр-студиялары» бағдарлары бойынша өткериледи. Бирақ, өткен жыллардағы сыяқлы пайтахтымыздың орайлық «Туран» стадионында фестивалдың гала-концерти болмайды. Деген менен, жоқарыдағы 3 бағдар бойынша фестивал қатнасыўшылары халық алдында концерт формасында өз қәбилетлерин көрсетип бериўи керек болады, - деп айтып өтти.
Еслетип өтемиз, өткен жылдағы «Биз – уллы журт перзентлеримиз!» ураны астында өткерилген жаслар фестивалының гала-концерти 19-май сәнесинде «Туран» стадионында болып өткен еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында