Усы жылдың 14-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Жаслар пресс клубының 3-сессиясы болып өткенлиги ҳаққында хабар берген едик. Усы сессияда қатнасқан KarInform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясының баслығы Қ.Нағметовтан сайттың редакторы Сахибжамал Есемуратова тәрепинен жазылған «KarInform»ға мүрәжат: Қарақалпақстан радиоканалы хызметкерлери өз толқынына ийе болыўды қәлейди» атлы мақаласы жәмийетшилик арасында үлкен пикир-таласларды пайда еткенлиги ҳәм бул мақалада көтерилген машқала бойынша қандай пикирде екенлигин сорады.
Телерадиокомпания баслығының билдириўинше, Қарақалпақстан радиоканалының өз толқын жийилигине ийе болыўы ушын Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы тәрепинен 2015- ҳәм 2016-жыллары еки мәрте арнаўлы орынларға мүрәжат етилген. Өз алдына толқын жийилигине ийе болыў үлкен қаржыны талап етеди. Сондай-ақ, буның ушын жылына 34 миллион сумлық бюджеттен тысқары қаржы болыўы керек. Бул тек ғана телерадиокомпания көлеминде шешилетуғын мәселе емеслигин билдирип өтти Қ.Нағметов.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz Ислам Матеков.