Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.06.2017 13:21
  • 2520

Қарақалпақ мәмлекетлик университетине жаңа ректор сайланды (толық мағлыўмат)

Қарақалпақ мәмлекетлик университетине жаңа ректор сайланды (толық мағлыўмат)
Исенимли дәреклердиң мағлыўмат бериўинше, бүгин, яғный 19-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында кеңейтилген мәжилис болып, онда университеттиң ректорлығына Реймов Ахмет Мәмбеткаримовичти сайлаў мәселеси көтерилген ҳәм бир даўыстан мақулланған.
Мағлыўматларға қарағанда, Ахмет Реймов 1977-жылы Қарақалпақстан Республикасының Қараөзек районында туўылған. 2014-жылдан усы күнге шекем Өзбекистан Илимлер Академиясы Улыўмалық ҳәм органикалық емес химия Институты директорының илимий ислер бойынша орынбасары лаўазымында ислеген, техника илимлериниң докторы илимий дәрежесине ийе. 2008-жылы «Өзбекистан белгиси» көкирек белгиси менен сыйлықланған.
Мәжилиске Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Р.Қасымов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовлар қатнасты.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...