
«Қарақалпақстан» телеканалы дөретиўшилик жәмәәти 19-20-март күнлери тарийхый Бухара қаласына саяхат етти. Бул саяхат Телерадиокомпанияның Кәсиплик аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилди.
«Ол жерде Мир Араб, Ситораи Мохи Хоса, Нақшбандий сыяқлы тарийхый орынларды тамашаладық. Президентимиздиң миллий байрамымыз есапланған Наўрыз байрамы қабатында 5 күн дем алыс деп жәриялағаны жүдә жақсы болды. Биз усы бес күнлик дем алыстың 2 күнинде саяхат еттик. Ол жерде әпиўайы халық пенен сәўбетлестик. Көпшилик саяхат етип жүрген екен», - деди журналист Ләтийпа Оразымбетова биз бенен сәўбетте.

Мағлыўмат ушын, «Қарақалпақстан» телеканалының дөретиўшилик жәмәәти өткен жыллары тарийхый Самарқанд ҳәм Хийўа қалаларына саяхат еткен еди.

Сахибжамал Есемуратова