
2013-жылы Атабек Муртазаев ҳәм оның иниси Азиз ShaǵalaLab топарына тийкар салған. Бул бағдарлама қарақалпақ тилиндеги бағдарламалардың жүдә азлығы себепли, сондай-ақ, усы машқаланы аз болса да сапластырыўға үлес қосыў нийетинде жаратылған.
«Бул топар «виртуал», яғный ҳәр ким қәлеген жерде, қәлеген ўақытта ислей береди. Барлық байланыслар интернет арқалы болады. Топарға қәлеген адам қосылса болады. Олардан тек бир ғана бир нәрсе - қарақалпақша бағдарламаларды ислеўге ўақыт ажырата алыўы талап етиледи. Жақында ТИТУ Нөкис филиалында оқыйтуғын еки студент топарға қосылыў тилегин билдирди ҳәм үшеўимиз жаңа бағдарлама үстинде жумыс алып барып атырмыз», - деди Атабек Муртазаев биз бенен сәўбетте.

Барлық исленген бағдарламаларды ҳәм оларға силтемелерди www.shagalalab.com сайтының оң тәрепинде жайласқан «Бағдарламаларымыз» бөлиминен тапсаңыз болады.
Мағлыўмат ушын, бүгинги күнге шекем Атабек Муртазаев жеке өзи қарақалпақ тилиндеги 5-6 бағдарламаны жаратқан.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Сахибжамал Есемуратова