Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.06.2017 13:16
  • 2652

Адамзаттың жоқ болып кетиў ўақты белгили болды


Жер бетиндеги барлық тири организмлер Қуяштың активлиги себепли 1,5 миллиард жылдан соң жоқ болып кетеди.
Колорадо университетиниң алымлары адамзат ушын қанша ўақыт ажыратылғанын анықлады. Өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде Қуяш Жер жүзиндеги барлық тири организмлерди 1,5 миллиард жылдан кейин жоқ етип жибереди. Буған Қуяштағы температураның турақлы артып барыўы себепши болады. Қуяш машқалалары менен шуғылланатуғын илимпазлардың анықлаўынша, Қуяштың ыссылығы ҳәр 110 миллион жылда 1%ке артады. Бул процесс Қуяш системасы пайда болғанлы берли даўам етип келмекте.
Ўақыттың өтиўи менен музлықлар ерийди, океанлар пуўланып кетеди, экватор кеңликлеринде өмир сүриўдиң мүмкиншилиги болмай қалады, Арктикаға болса тропикалық климат кирип келеди. Бундай трагедиялық процесс 1,5 миллиард жылдан соң жүз береди. Қуяш өзиниң қайнаған нурлары менен барлық тири организмлерди қырып таслайды. Жер бети шөлистанға айланады.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында